Тест сынақлары 5 пәннен өткерилиўи ҳаққында мағлыўматлар
Быйыл тест сынақлары 5 пәннен өткерилиўи ҳаққындағы хабарды сайтымыз арқалы жәриялаған едик. Ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиев телеграм каналында тест сынақлары 5 пәннен болыўы туўралы ҳәзирге шекем мәлим болған қағыйдаларды келтирип өтти. Төменде бул қағыйдаларды сиз бенен бөлисемиз.
Мәжбүрий пәнлер блогы (ҳәммеге түседи):
Ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили) – 15 сораў, ҳәр бири ушын 2,1 баллдан;
Математика – 15 сораў, ҳәр бири ушын 2,1 баллдан;
Өзбекстан тарийхы–15 сораў, ҳәр бири ушын 2,1 баллдан.
Жәми топлаў мүмкин болған балл–94.5 балл.
Ана тили ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнинен 1 минутқа шекем, математикадан-1,5 минутқа шекем ўақыт ажыратылады.
Билимлендириў бағдарына сәйкес қәнигелик блоктағы пәнлер (бағдарына қарай өзгереди):
1-пән–30 сораў, ҳәр бири ушын 3,1 баллдан;
2-пән–30 сораў, ҳәр бири ушын 3,1 баллдан.
Жәми топлаў мүмкин болған балл–186 балл.
Тийкарғы блоктағы 2 пән ушын жәми 2 саат ўақыт бериледи.
Балларды есаплаў системасында өзгерис болмайды, яғный алдын қандай болған болса сол сақланып қалынады. Бунда ҳәр бир блоктан топланған баллар қосылып, улыўма баллды қурайды ҳәм абитуриентлер усы 5 блоктан топлаған балы бойынша өз-ара гүреседи. Ең максимал балл 280,5 балл болады.
Айрым бағдарларда мәжбүрий блоктағы пән менен арнаўлы блоктағы пән бирдей болып қалыўы мүмкин. Мәселен, математика бағдарына ҳүжжет тапсырған абитуриент мәжбүрий блокта да, қәнигелик блокта да математика пәнинен тест шешеди. Екеўиниң тийкарғы парқы—мәжбүрий блоктағы сораўлардың ҳәммеси әпиўайыластырылған, ең аңсат дәрежеде болады, қәнигелик блоктағы сораўлар болса ҳәр турли (аңсат, орташа, қыйын) болады;
5 пәннен тест болыўына тийисли тәртип тек ғана мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына тийисли. Бул жаңа тәртип әскерий, диний, жеке, мәмлекетлик емес ҳәм сырт ел ЖООларына тийисли емес.
Сондай-ақ, 3 мәжбүрий пән магистратура ушын тийисли емес;
3+2 көринисиндеги бул тәртип бакалавриат тәлим бағдарының барлық түрлери (күндизги, сыртқы, кешки) ушын бирдей қолланылады;
мәжбүрий блокта ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили ) пәнинен түсетуғын 15 сораў ишинде Әдебият пәнинен тест сораўлары болмайды.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1