Шарўашылық тараўында Украина менен бирге ислесиў
Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитетинде Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы, Украина Саўда-санаат палатасы, Өзбекстан Республикасының Украинадағы елшиханасы ўәкиллери қатнасыўында онлайн семинар болып өтти. Дәслеп комитет қәнигелери ҳәм Украина мәмлекетиниң елимиздеги елшиси Н. Дорошенко менен буннан алдын болып өткен ушырасыў ҳәм онда сөз етилген мәселелердиң әмелий жақтан орынланыўы додаланды.
Сәўбетлесиў даўамында Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети ҳәм Украина мәмлекетиниң Экономикалық раўажланыў, саўда ҳәм аўыл хожалығы министрлиги ортасында ветеринария тараўындағы шериклик бойынша шәртнама дүзиўге келисилди. От-жем егинлери туқымларын (соя, айғабағар) қайта ислеў бойынша қоспа кәрхана ветеринария қәнигелерин таярлаў мақсетинде Самарқанд ветеринария медицинасы институты ҳәм Украинаның қәнигелестирилген университетлери, сондай-ақ, ветеринария, шарўашылық ҳәм илимий изертлеў институтлары ортасында бирге ислесиў жобасы ислеп шығылды. Буннан тысқары, шарўашылық өнимлерин қайта ислеўге қәнигелескен қоспа жойбарлар ислеп шығыў, украиналы инвесторлар менен бирге қусшылық кәрханалары ушын жем ислеп шығарыў бойынша еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў менен байланыслы мәселелерге де итибар қаратылды. Жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў ушын ҳәр еки мәмлекеттиң ири исбилерменлик субъектлери қатнасыўында “Исбилерменлер кеңеси”ин шөлкемлестириўге келисилди.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1