Жаўызлыққа қарсы-үгит-нәсият сүрени астында
2021-жылдың 27-январь күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында «Биз жат идеяларға қарсымыз», «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық», Миссионерлик, догматизм, Шаңарақ муқаддес орын, “Жасларды жат идеялар тәсиринен сақлаўда шаңарақ ҳәм оқыў орынларынын орны”, Диний экстремистлик ағымлар тәрепинен алға қойылған “жиҳод”, “шаҳид”, “ҳижрат”, “такфир” сыяқлы қәлбеки ағзаларының исламға қарсы екенлигин жасларға тәсирли түсиндириў, Биз ағартыўшы Ислам тәрепдарымыз, Бир шаңарақта жақсы ниетлерге қарай, Миллетлер аралық кеңпейиллик, Мен усы журт перзентимен, Тәғдирди қол менен жаратар ҳәм Өзбекстан жаслар нәзеринде атамаларында «Идеалогиялық үгит-нәсият» жумысларының алып барылыўы бойынша Қ.Турдымуратов Нөкис қаласы «Имам Ийшан Мухаммад» жомъе мешит имамы орынбасары, Х. Незаматов Нөкис қаласы ҳәкимилигиниң Дин ислери бойынша бас қәнигеси, Т.Досымбетова Қарақалпақстан Мусылманлар қазияты ҳаял қызлар мәселелери бойынша қазы жәрдемшиси, А.Оралбаев- 3-санлы Ишки ислер бөлими ХПБ прафилактика инспекторы аға лейтенант, Б.Зиватдинов Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қўатлаў бөлими жетекши қәнийгеси. З.Сатбаева Нөкис қалалық угит нәсиятлаў орайы баслығы қатнасында Филиал профессор-оқытыўшылары ҳәмде талаба-жаслары менен ушырасыў болып өтти.


Ушырасыўды Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы Оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров ашты ҳәм басқарып барды. Ушырасыўда «Жаўызлыққа қарсы-үгит-нәсият» сүрени астында үгит-нәсият жумысларының алып барылыўы кереклиги, бизиң мәмлекетимиз сиясаты жаўызлық емес, ҳәр бир мақсетке билим, илим менен жетисиў кереклиги туўралы ушырасыў қатнасыўшыларына кең түрде түсиник берип өтти.
Ушырасыў соңында филиал студент жаслары өзлерине тийисли болған сораўларға мазмунлы жуўаплар алды. 

Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими.скачать dle 12.1