Филиал студент қызлары қатнасыўында илаж өткерилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Олий Мажлиске мүрәжатының мазмунын үгит-нәсиятлаў ҳәм Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша филиал студент қызлары қатнасыўында илаж болып өтти. Филиал Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәслаҳатшиси Г.Ешмуратова басламасы менен шөлкемлестирилген бул илажды оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров ашып берди. Ол өз сөзинде, Президент Мүрәжатында жоқары билимлендириў тараўы бойынша белгиленген тийкарғы ўазыйпалар, сондай-ақ, қызлар ушын айрықша грантлар ажыратылыўы ҳәмде олардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша пикирлерди келтирип өтти. Буннан кейин Г.Ешмуратова сөзге шығып, кейинги жылларда мәмлекетимизде ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған ис-илажлар, қабыл етилген бир қатар нызам ҳүжжетлери, соның менен бирге ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша бағдарламалардың жетилистирилиўи сыяқлы темалар бойынша толық түрде айтып өтти. Илаж даўамында Жаслар аўқамы жетекшиси О.Шерипбаев студент қызларға керекли мағлыўматларды берип өтти. Усы илаж шеңберинде студент қызлар арасында гендер теңлик, басым ҳәм зорлыққа қарсы гүресиў бойынша кең түсиниклерди қәлиплестириў ҳәм үгит-нәсият етиў мақсети гөзленген. Соны айрықша атап өтиў орынлы, филиал Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәслаҳатшиси Г.Ешмуратова жоқарыдағы мәселелерге бағышланған Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәлаятлар жоқары оқыў орынлары Ҳаял-қызлар мәслаҳат кеңеси баслықлары ҳәм мәслаҳатшилери ушын Ташкент қаласында шөлкемлестирилген 2 күнлик оқыў-семинарға қатнасып қайтты. Илаж даўамында семинарда өзлестирген билимлерин студент қызлар арасында кең түрде үгит-нәсиятлаў ҳәм оларға толық мағлыўматларды жеткерип бериўге ҳәрекет қылды. Илаждың жуўмақлаўшы бөлиминде қатнасыўшыларға слайд арқалы темаға байланыслы видеоролик қойып берилди.
скачать dle 12.1