Президенттиң Олий Мажлиске Мүрәжатының мазмун-мәниси бойынша илаж өткерилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Олий Мажлиске мүрәжатының мақсети ҳамде мазмун- мәнисин профессор-оқытыўшылар ҳәм студент жаслар арасында үгит-нәсият қылыў мақсетинде илаж шөлкемлестирилди. Оған филиал профессор-оқытыўшылары, хызметкерлер ҳәм студент жаслар қатнасты. Илажды оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров ашып берип, Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм халқымызға жоллаған мүрәжатының мазмуны ҳәмде онда илгери сүрилген пикирлер бойынша толық түрде айтып өтти. Буннан кейин «Тәбийий ҳәм улыўма қәнигелик пәнлер» кафедрасы баслығы Д.Базарбаева сөзге шығып, студентлерде жәнеде анық түсиник қәлиплестириў мақсетинде мүрәжатта әмелге асырылыўы белгиленген тийкарғы ўазыйпалар бойынша баянат жасады. Бул илаж даўамында филиал студентлерине толық мағлыўматлар берип өтилди. Соның менен бирге Президент Мүрәжатында жаслар ҳаққында билдирилген пикирлер ҳәм белгиленген ўазыйпалар бойынша филиал Жаслар аўқамы жетекшиси О.Шерипбаев өзиниң пикирлерин кең түрде билдирип өтти. Тема шеңберинде студентлер менен еркин сәўбетлесиў өткерилди. Олар өзлериниң баҳалы пикирлерин билдирди. Студент жаслар илаж жуўмағында Президент Мүрәжаты бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға толық түрде жуўаплар алды.
скачать dle 12.1