Өзбекстанға нәсилли түйе эмбрионларын импорт қылыў додаланды
Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети баслығы Баҳром Норқобилов мәмлекетимиздиң Саудия Арабстаны Патшалығындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Улуғбек Мақсудов пенен ушырасты.
Сәўбетлесиў даўамында шарўашылықты раўажландырыўда бирге ислесиў Меморандумы имзаланыўын жеделлестириў, мәмлекетимизде душшы суўда жасайтуғын балықларды көбейтириў жойбарларына инвестиция киргизиў ҳәм өз-ара байланысларды орнатыў сыяқлы мәселелер көрип шығылды.
Өзбекстанға нәсилли түйе эмбрионларын импорт қылыў ҳәм нәсилли ген өнимди мәмлекетимизде жетистириўге қәнигелескен шерикликтеги нәсилшилик орайын шөлкемлестириў додаланды. Елшиниң айтыўынша, Ар-Риёд қаласындағы Халықаралық түйешилик шөлкеми Бас секретары Муборак ас-Сувайлим орай хызмети менен танысыў, тәжирийбе алмасыў, еки тәреплеме бирге ислесиў ушын Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети қәнигелериниң Саудияға сапарын шөлкемлестириўге, сондай-ақ мәмлекетимизге нәсилли түйелерди жеткерип бериўге таяр екенлигин билдирген. Нәсилли түйе эмбрионларын ислеп шығарыўға қәнигелескен бундай орайдың улыўма жойбар баҳасы 27 млн. АҚШ доллары болып, онда 160 түрдеги лаборатория анализлерин өткизетуғын 60 тан аслам заманагөй буйымлар, бир ўақыттың өзинде 144 бас түйени көриктен өткизе алатуғын тексериў залы ҳәм 4 мың бас түйени бир ўақытта емлей алатуғын техникалық имканиятлар бар.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1