Филиал студентлери музейге барды
Ветеринария медицинасы қәнигелиги 1-курс 206-топар студентлери И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейине топар басшысы Ж.Режепбаев пенен биргеликте барды. Бул саяхат даўамында студентлер музейдеги бийбаҳа экспонатларды өзгеше бир қызығыўшылық ҳәм заўық пенен тамаша етти. Филиал студентлерине музей хызметкери тәрепинен керекли мағлыўматлар берилди. Студент жаслар тарийхый ҳәм мәдений мийрасымыз ҳәмде миллийлигимиз сәўлеленген бул музейди тамаша етиў даўамында өзлерине жақсы руўхый азық алды. Студентлер менен биргеликте саяхат шөлкемлестириўден гөзленген мақсет соннан ибарат еди. Жаслар қәлбинде миллий қәдириятларымызға болған ҳүрметти арттырыў, олардың руўхый дүньясын еледе байытып барыўда музейлер әҳмийетли орын тутады. Соның менен бирге олардың бос ўақтын пайдалы ҳәм мазмунлы шөлкемлестириўи ушын жақсы шараят жаратқан боламыз. Соны атап өтиў керек, топар басшыларының басламасы менен “Үлкемиз бойлап саяхат” сүрени астында филиал студентлериниң музейге саяхатларын шөлкемлестириў жумыслары әмелге асырылмақта. Студентлер музей экспонатлары менен жақыннан танысыў даўамында үлкен тәсирлер алыў менен биргеликте керекли ҳәм қызықлы мағлыўматларға ийе болғанлығын айтып өтти.

Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1