Комитет баслығының биринши орынбасары студентлер менен ушырасыў өткерди
Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети баслығының биринши орынбасары Шухрат Жабборов Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалына келип, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер менен ушырасыў өткерди. Ушырасыўға комитет басқарма баслығы М.Юсупов, Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети баслығы Қ.Пирназаров қатнасты. Филиал директоры А.Есимбетов илажды ашып берип, ушырасыў қатнасыўшыларына келген мийманларды таныстырып өтти. Буннан кейин Ш.Жабборов филиалда бүгинги күнде әмелге асырылып атырған жумыслар, болажақ қәнигелердиң билим алыў процеси ҳәмде тараўдағы соңғы жаңалықлар ҳаққында толық түрде айтып өтти. Комитет тәрепинен филиалда ўәлаят ҳәм алыс районлардан келип билим алып атырған студентлер ушын студентлер турақ жайын салып бериў режелестирилип атырғанлығын айтып өтти. Тәлим процесинде теориялық билимлерди әмелий тәжирийбелер менен беккемлеп барыў әҳмийетли болып есапланады. Ушырасыў даўамында бул мәселеге де тоқталып өтилди. Филиал студентлери ушын теориялық ҳәм әмелий сабақларды шөлкемлестириўде “Панамилк” сүт өнимлерин қайта ислеўши кәрханасы менен биргеликте жумыс алып барыў, сондай-ақ, балықшылық кластерлеринде әмелият өтеўди шөлкемлестириў бойынша Ш.Жабборов тәрепинен анық пикир-усыныслар билдирилди. Соның менен бирге М.Юсупов ҳәм Қ.Пирназаровлар ҳәзирги күнде тараўда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, жаңаланыўлар ҳәм алдағы ўақытта режелестирилип атырған әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында айтып өтти. Сәўбетлесиў даўамында филиал студентлери еркин түрде өзлериниң пикирлерин билдирди. Шухрат Жабборов комитет ҳәмийше филиал менен бирге ислесиўге ҳәм жас қәнигелердиң сапалы билим алыўы ушын әмелий жәрдем көрсетиўге таяр екенлигин айрықша атап өтти. Бул ушырасыў даўамында студентлер тараў бойынша әҳмийетли мағлыўматларға ийе болды ҳәм өзлери ушын жақсы тәсирлер алды.
скачать dle 12.1