SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIДиректор студентлер менен сәўбетлести » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы директоры А.Есимбетов филиал студент-жаслары менен сәўбетлести. Оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров пенен биргеликте аудиторияларға кирип, топар студентлери менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Олий Мажлиске мүрәжатында жаслар ҳаққында, тәлим ҳәм тәрбияны раўажландырыў ҳәмде илим-пән ҳәм инновацияларды раўажландырыў бойынша билдирилген усыныслар ҳәм пикирлер бойынша сәўбетлесиў алып барды. 2021-жылға «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» деп атама берилиўи жасларға еледе кең имканият есиклерин ашып бериўин ҳәм оннан әлбетте орынлы пайдаланыў керек екенлигин айрықша атап өтти. Бул бойынша студентлердиң де пикир ҳәм усыныслары тыңланды. Сондай-ақ, жуўмақлаўшы қадағалаў имтихан процеслери бойынша тоқталып өтти. А.Есимбетов, «Сиз – жаслардың сапалы билим алыўыңыз ушын барлық имканиятларды жаратыўға ҳәрекет қыламыз. Әсиресе имтихан процесинде коррупция ҳәм дәмегөйлик жағдайларына жол қоймаў, қалыслықты тәмийинлеў болса баслы мақсетимиз екенлигин айрықша атап өтким келеди. Сизлер тек ғана өз билимиңизге исенип, оқытыўшылар берип атырған билимлерди жақсы өзлестириўиңиз жеткиликли болады»,—деп айтып өтти. Сәўбетлесиў даўамында студентлер өз пикир ҳәм усынысларын билдирип өтти.