Ең жоқары балл топлаған 200 студентке Президент гранты бериледи
Жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында ең жоқары балл топлаған 200 жаслар ушын Президент гранты енгизилиўи күтилмекте. Бул ҳаққында газета.uz хабар берди. Грант тийкарында оқыўға қабыл етилген студент барлық пәнлерден өзлестириў көрсеткиши «айрықша» баҳа болса, оған президент гранты стипендиясы төлеп барылады.
«2021 жыл — Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға тийисли мәмлекетлик бағдарламасы жойбары жәмийетлик додалаў ушын жәрияланды. Жойбар «Раўажланыў стратегиясы орайы» ҳәмде «Юксалиш» УМҲниң арнаўлы сайтларына жайластырылған.
Жойбарға көре, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Финанс министрлиги ҳәм Мәмлекетлик тест орайы менен биргеликте 2021-жыл 1-июньге шекем Өзбекстан Республикасы Президенти грантын ажыратыў тәртибин ислеп шығыўы белгиленген.
Усы мақсетте, жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында балл топлаған шахслар ҳаққындағы ашық мағлыўматларды нәзерде тутатуғын бирден-бир электрон реестрди қәлиплестириледи.
Президент грантын қолға киргизген студентке оқыўын питкергенге шекем әмелдеги Президент стипендиясы муғдарына тең болған Президент гранты стипендиясы төленеди.
Бирақ, оқыў семестриниң жуўмағы бойынша барлық пәнлерден өзлестириў көрсеткиши «айрықша» баҳа болып, 1 пәннен өзлестириў көрсеткиши «айрықша» болмағанда, усы категориядағы студентлерге келеси семестрлер даўамында Президент гранты стипендиясы берилмейди.
Буннан тысқары, магистратура ҳәм докторантурада билим алып атырған қәбилетли жасларды хошаметлеў мақсетинде Президент мәмлекетлик стипендиясы квоталарының саны кеминде еки есеге асырылады.
Өзбекстандағы сырт ел ҳәм қоспа жоқары оқыў орынларының бакалавриат басқышы студентлери ушын Президент ҳәм мәмлекетлик стипендиялары енгизиледи.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1