Питкериўши жасларды жумысқа қабыллағаны ушын субсидиялар ажыратыў усыныс етилмекте
Жумыс бериўшилерге питкериўши жасларды жумысқа қабыл еткенлиги ушын субсидиялар ҳәм питкериўшиниң әмелият дәўири ушын субсидиялар ажыратыў усыныс етилмекте:
Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен Министрлер Кабинетиниң “Өзбекстан Республикасының 2021–2030-жылларда халықтың бәнтлигине жәрдемлесиў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында” қарарының жойбары ислеп шығылған.
Ҳәзирги күнде бул жойбар тийисли министрлик ҳәм мәкемелер тәрепинен көрип шығылмақта.
Бул қарар менен тастыйықланыўы режелестирилип атырған “Өзбекстан Республикасының 2021-2030-жылларда халықтың бәнтлигине жәрдемлесиў стратегиясы шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслар “Жол картасы” жобасына көре төмендегилер усыныс етилмекте:
“Биринши жумыс орным” жойбарын ислеп шығыў. Бунда, мийнет базарына биринши мәрте кирип киятырған улыўма билим бериў мектеплери, лицей, колледж, техникум ҳәм жоқары оқыў орынларын питкерген 30 жастан үлкен болмаған жасларды қабыл еткен жумыс бериўшилерге 3 айға шекемги мүддетте мийнет ҳақына бағдарланған субсидиялар ажыратыў бойынша мәкемелик норматив-ҳуқықый ҳүжжетти ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;
“Жаслар әмелияты” жойбарын ислеп шығыў.
Бунда, колледж, техникум ҳәм жоқары оқыў орынлары питкериўши курсларын әмелият дәўиринен кейин қәнигелиги бойынша жумысқа қабыл етиў шәрти менен жумыс бериўшиге питкериўшиниң әмелият дәўири ушын субсидиялар ажыратыў бойынша мәкемелик норматив-ҳуқықый ҳүжжетти ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў көзде тутылған.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1