«Эл-юрт умиди» қоры тәрепинен 300 орынға мөлшерленген стипендия таңлаўлары жәрияланды
«Эл-юрт умиди» қоры тәрепинен 300 орынға мөлшерленген (магистратура, докторантура, стажировка ҳәм маманлық арттырыў бағдарлары бойынша) математика, химия, биология ҳәм геология пәнлери бағдарлары бойынша стипендия таңлаўлары жәрияланды.
Талабанлардың ҳүжжетлери 2021-жыл 20-январь сәнесинен 20-февральға шекем, республиканың барлық аймақлары ўәкиллери ушын бирден бир тәртип ҳәм тең имканият тийкарында, онлайн режимде ҳәм электрон тәризде қабыл етиледи.
Таңлап алыў басқышлары 2021-жыл 20-февраль сәнесинен 20-мартқа шекем даўам етеди.
АҚШ, Уллы Британия, Германия, Франция, Канада, Япония, Испания, Қубла Корея ҳәм басқа раўажланған мәмлекетлердиң ең абырайлы билимлендириў ҳәм изертлеў, инновациялық ҳәм әмелият орынларында билим алыў ҳәм стажировка өтеў имканиятын қолдан бай бермең!
скачать dle 12.1