Филиалда Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен жарыс өткерилди
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң 29 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында миллий спорт түрлери бойынша филиал бириншилиги өткерилди. Жарысты филиал директоры А.Есимбетов ашып берип, байрам менен бәршени қызғын түрде қутлықлап, қатнасыўшыларға әўмет тиледи. Жаслар менен бирге ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Е.Сейтмуратов ҳәм бөлим методисти А.Сейткамалов жарысты алып барды. Сондай-ақ, топар басшыларыда қатнасып, студент жасларды қоллап-қуўатлап турды. Жәми 70 ке жақын студентлер қатнасқан филиал бириншилиги арқан тартыс, гир тас көтериў, турникке тартыныў түрлери бойынша өткерилди. Ўатансүйиўшилик айлығын көтериңки кейпиятта өткериў мақсетинде шөлкемлестирилген бул илажда ғайратлы студентлеримиз өз-ара күш сынасты. Дене тәрбия оқытыўшысы Қ.Уразбаев жарыстың қалыс түрде болып өтиўин тәмийинледи. Қызғын ҳәм заўықлы түрде болып өткен жарыс жуўмағында Зооинженерия (палҳәррешилик) қәнигелиги 1-курс 213-топар студентлери сыйлы биринши орынды ийеледи. Сондай-ақ Зооинженерия: Жылқышылық ҳәм түйешилик қәнигелиги 1-курс 210-топар 2-орын, Ветеринария медицинасы қәнигелиги 1-курс 208-топар студентлери болса 3-орынды ийелеўге мияссар болды. Барлық жеңимпаз командаларға филиал директоры А.Есимбетов тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилген филиал бириншилиги қызықлы тәризде болып өтти.
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1