Тайынлаў
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри тайынланды. Бул ҳаққында министрликтиң рәсмий телеграм каналында мәлим етилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 14-январьдағы 6141-санлы пәрманы менен Абдукодир Ҳамидович Тошкулов Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри лаўазымына тайынланды. А.Тошкулов усы күнге шекем Термиз мәмлекетлик университети ректоры лаўазымында ислеп киятырған еди
Сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарлары менен:
➖Иномжон Уришевич Мажидов Өзбекстан Миллий университети ректоры (15-санлы, 14.01.2021 ж);
➖Ўктам Раҳимович Саломов Ферғана политехникалық институты ректоры (14-санлы, 14.01.2021 ж);
➖Авазжон Раҳимович Мараҳимов Термиз мәмлекетлик университети ректоры (15-санлы, 14.01.2021 ж) лаўазымына тайынланды.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1