Өзбекстанда жоқары оқыў орынлары саны 130 ға жетти
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 12-январьдағы ПҚ-4942-санлы (https://t.me/eduuz/4024) қарарына муўапық, Ташкент қаласында Санкт-Петербург мәмлекетлик университетиниң филиалы шөлкемлестирилди. Нәтийжеде республикамыздағы жоқары оқыў орынларының саны 130 ға жетти. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы арқалы мәлим етилди. Хабарда айтылыўынша, ҳәзирги күнде республикада 130 ЖОО хызмети жолға қойылған:
мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары – 96;
мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынлары – 9;
сырт ел жоқары оқыў орынлары ҳәм олардың филиаллары – 25
Бул дизимге әскерий ҳәм диний жоқары оқыў орынлары киритилмеген.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1