Сыртқы билимлендириў түринде кадрлар таярлаў системасы енгизиледи
“Пуқаралардың өзин өзи басқарыў органлары ушын кадрлар таярлаў системасын жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары (3-санлы, 03.01.2021 ж) қабыл етилди. Қарарға көре, 2021/2022-оқыў жылынан баслап педагогика ҳәм финанс-экономика тараўларындағы жоқары оқыў орынларында “5520100 – Социаллық жумыс (хызметтиң түрли тараўлары бойынша) бакалавриат тәлим бағдары бойынша пуқаралардың өзин өзи басқарыў органлары ушын сыртқы билимлендириў түринде кадрлар таярлаў системасы енгизиледи.
Бул сыртқы билимлендириў түри шеңберинде:
-оқытыў төлемли контракт тийкарында шөлкемлестириледи:
-Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен берилген усыныснамаға ийе болған ҳәмде кириў имтиханларынан табыслы өткен пуқаралардың өзин өзи басқарыў органлары хызметкерлери студентликке усыныс етиледи;
-усыныснама тийкарында оқып атырған студентлер оқыўын басқа бакалавриат тәлим бағдарына көшириўге рухсат берилмейди.
Усыныснамалар, төмендеги өлшемлер тийкарында әмелге асырылады:
ийелеп турған лаўазымында кейинги бир жыл даўамында хызмет көрсетип атырғанлығы;
мәҳәлле системасында кеминде үш жыллық жумыс стажына ийе болғанлығы.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1