SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIФилиалда қысқы дем алыстан кейин және оқыў басланды » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Филиалда қысқы дем алыстан кейин және оқыў басланды
Филиалда қысқы дем алыстан кейин және оқыў басланды
Бәршемизге белгили, жоқары оқыў орынлары студентлери 2020-жыл 28-декабрьден қысқы дем алысқа шықты. Мине бүгин, 2021-жыл 11-январь дем алыс мүддети жуўмақланып, жоқары оқыў орынларында дәстүрий оқыў басланды. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында қысқы дем алыстан кейин сабақлар басланды. Студентлер дем алысты заўықлы өткергенлиги олардың қуўанышлы жүзлеринен көринип турыпты. Соның менен бирге филиал студентлери қысқы алыс даўамында бос ўақтын бийкар өткермей, өзлери жасайтуғын аймақларда үй ҳайўанларын ҳәр түрли кеселликлерге қарсы емлеў бойынша әмелий көнликпелерге ийе болыў, китап оқыў, билимлерин жәнеде беккемлеў сыяқлы пайдалы жумыслар менен шуғылланғанын оқытыўшыларға айтып берди. Ҳәр бир минутты ғәниймет билген инталы студентлеримиздиң билим алыўға болған умтылыўшаңлығы әлбетте, бизди қуўанышқа бөлейди. Қысқы дем алыстан соң студентлер жәнеде жоқары кейпият пенен билим алыўға киристи.