Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ӨзАның “Жыл таңлаўы”нда үшинши орынды ийеледи
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ӨзАның “Жыл таңлаўы”нда “2020-жылдың ең үлгили министрлиги” бағдарында үшинши орынды ийеледи.
Жоқары оқыў орынлары билимлендириў процесин реформалаў ҳәм мийнет базарында талап жоқары болған тәжирийбели кадрларды таярлаўда әҳмийетли орын ийелемекте. Соңғы 4 жыл даўамында олардың саны 47 ге асты ҳәм бүгинги күнде мәмлекетимизде 125 университет ҳәм жоқары оқыў орнында студентлер билим алып атыр.
Мәмлекетлик-жеке бирге ислесиў системасы тийкарында мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынлары хызмети жолға қойылды. Сыртқы ҳәм кешки тәлим түрлери қайта тикленди, қабыллаў квоталары көбейтилди. Мектеп питкериўшилерин жоқары билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси 2016-жылғы 9 проценттен 2020-жылда 25 процентке жетти.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1