Иномжон Мажидов: "Қысқы дем алыс жуўмақланады ҳәм сабақлар және даўам етеди”
Өз жуўмағына жеткен 2020-жыл барлық тараўлар қатары билимлендириў системасындағы дәстүрий процеслерге де өз тәсирин көрсетти. Тийкарынан, жоқары билимлендириў системасына қабыллаў ушын тест процеслери де жаңаша усыл ҳәм шараятта болып өтти. Сондай-ақ, студентлер онлайн оқыўы, пайдаланыўы ушын онлайн платформа жаратылды.
Усы мәселелер ҳәм социаллық тармақларда билдирилип атырған пикирлер жүзесинен Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Иномжон Мажидов төмендегише пикирлерди билдирди.
–Жоқары билимлендириў системасы алдында барқулла жоқары тәжирийбели кадрларды таярлаў сыяқлы жуўапкершиликли ўазыйпа турады. Пандемия себепли көплеген режелеримизди өзгертиў, билимлендириў мәкемелеринде дәстүрий оқыўды аралықтан (онлайн) оқытыў түрине өткериўге туўра келди. Бирақ, оқытыўдың дәстүрий ҳәм жетекши технологияларына өтиўге болған таярлық жумыслары бир демге болса да тоқтап қалмады. Өткен 2020-жыл бәршемиз ушын сынақлы болды. Бирақ елимизде пандемияның шегинип атырғанлығы себепли студентлер ҳәм олардың ата-аналары билдирген усынысларды инабатқа алып, ҳәр бир жоқары оқыў орнының тәлим бағдары қәсийетинен келип шығып, ҳәзирги ўақытта оқыў процесин басқышпа-басқыш 2020-жыл 16-ноябрь–дүйшемби күнинен баслап дәстүрий оқыў түринде даўам етиўге қарар етилди.
Тәлимниң дәстүрий түрде шөлкемлестирилиўи, әлбетте, жоқары оқыў орны жәмәәтине қосымша жуўапкершилик ҳәм ўазыйпаларды жүклейди. Сол себепли, алды менен студентлердиң саламатлығын сақлаў, олардың сапалы тәлим алыўы ушын жеткиликли шараятларды жаратыў илажлары көрилди. Ҳәр бир жоқары оқыў орнында аймақлық Ден саўлықты сақлаў бирлеспелери, Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети ўәкиллери қурамы менен оператив штаб шөлкемлестирилди. Курслар бойынша оқыў процесин шөлкемлестириў схемасы ислеп шығылып, саатлар тийкарында сабақ кестелери дүзилди. Тилекке қарсы пандемия шараятында жасаў, мийнет етиў ҳәм оқыўға көнигиўимиз, ең тийкарғысы–перзентлеримиз сапалы билим алыўды даўам еттириўи ушын барлық имканиятларды жаратыўымыз керек. Перзентлеримиздиң сапалы тәлим алыўы ҳәм жетик кадрлар болып тәрбияланыўы ушын ҳәммемиз теңдей жуўапкермиз. Усы күнлерде социаллық тармақларда тәлим процесин шөлкемлестириў менен байланыслы ҳәр түрли гәплер, пикирлер билдирилмекте. Сол себепли билимлендириў процесин шөлкемлестириўде ҳәптелик оқыў күнлери жоқары оқыў орынлары тәрепинен еркин түрде белгиленетуғын болды. Быйыл 11-январь сәнесинде қысқы дем алыс мүддети жуўмақланады ҳәм сабақлар және даўам етеди. Айрым наўқас ямаса социаллық қорғаўға мүтәж студентлер оқыўды онлайн тәризде даўам етиўи мүмкин. Олардың жағдайы ЖОО тәрепинен айрықша үйренип шығылып, жуўмақ шығарылады. Усы жылы да тараўдағы реформалар жедел түрде даўам етеди. Студентлеримизде соған жараса, өз үстинде турақлы жумыс алып барып, халықтың мәпин ойлайтуғын қәниге болыўға умтылыўы керек.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1