“Стресс ҳәм унамсыз эмоцияларды басқарыў” атамасында семинар-тренинг өткерилди
Филиал профессор-оқытыўшылары арасында “Стресс ҳәм унамсыз эмоцияларды басқарыў” атамасында психологиялық тренинг өткерилди. Бул семинар-тренинг филиал психологы М.Алламуратова тәрепинен шөлкемлестирилди. Дәслеп, ол барлық қатнасыўшыларды кирип келген 2021-жыл менен қутлықлап, өзиниң әжайип тилеклерин билдирип өтти. Күнделикли турмыс тәшўишлери, жумыс бабындағы машқалалар-булардың ҳәммеси жәмленип руўхый қәтержамлықтың жоғалыўына алып келеди. Тәшўишлер толқыны бойлап жүзгенимизде өзимиздеги унамсыз эмоцияларды басқара алмайтуғын жағдайларда ушырайды. Әсиресе, оқытыўшылық кәсибинде стресс жағдайлары көбирек көзге тасланады. Семинар-тренинг мақсети- филиал педагогларының руўхый ҳалатын үйрениў, олардағы стресс дәрежесин анықлаў ҳәм эмоцияналлық ҳалатларды басқарыўды қәлиплестириў, инсан өзинде қалайынша позитив кейпият пайда етиў жолларын үйретиўден ибарат. М.Алламуратова қатнасыўшылар арасында ҳәр түрли қызықлы шынығыўларды өткерди. Шынығыўлар тийкарында машқалаларды анықлаў ҳәм оларға белгили шешим табыўды үйретиў, стресс жағдайларын басқарыўға бағдарлаў бойынша әмелий жумыслар алып барылды. Педагоглар барқулла өзлериниң унамсыз эмоцияларын басқара алыўы керек. Психологиялық тренинг даўамында филиал оқытыўшылары стрессти басқарыў ҳәм руўхый қәтержамлықты турақластырыў бойынша әмелий көнликпелерге ийе болды. Семинар жуўмағында «Тәбийий ҳәм улыўма қәнигелик пәнлер» кафедрасы баслығы Д.Базарбаева өзиниң алған унамлы тәсирлери менен бөлисип, семинар-тренинг жүдә қызықлы тәризде болып өткенлигин билдирип өтти. Жуўмақлап айтқанда, бул психологиялық тренинг барлық қатнасыўшыларға жоқары кейпият бағышлады.
скачать dle 12.1