SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIМектеп пенен бирге ислесиў тәлим сапасын арттырып барады » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Мектеп пенен бирге ислесиў тәлим сапасын арттырып барады
Мектеп пенен бирге ислесиў тәлим сапасын арттырып барады
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2020-жыл 30-октябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисиниң 86-санлы протоколында белгиленген ўазыйпалардың орынлаўын тәмийинлеў мақсетинде Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы мектеплер менен бирге ислесиўди жолға қойды. Атап айтқанда, филиал оқытыўшысы Ж.Халмуратова Хожели районындағы ХББне қараслы 34-санлы мектепке барды. Бунда тийкарғы мақсет мектептеги тәлим сапасы менен жақыннан танысыў ҳәм оқытыўшылардың кәсиплик шеберлигин арттырыў ҳәмде биргеликте оқыўшылар ушын сабақ шөлкемлестириўден ибарат. Ж.Халмуратованы оқыў ислери бойынша директор орынбасары М.Есназарова күтип алды ҳәм мектептеги оқыў процеси менен таныстырды. Буннан кейин 10-класс оқыўшыларға “Аллель емес генлер” темасында сабақ өтилди. Мектеп оқыўшыларын еледе қызықтырыў ушын сабақ даўамында тема бойынша есап шығарып көрсетилди. Соның менен бирге биология пәни оқытыўшысы Л.Алламуратова менен сабақ өтиў шеберлиги бойынша пикир алмасылды. Енди, филиал профессор-оқытыўшылары бирге ислесиўди жолға қойған мектеплерге барып, тәлим сапасын еледе арттырып барыўда әмелий жәрдем көрсетип барады. Хожели районындағы 34-санлы мектепте филиал оқытыўшысы тәрепинен өтилген сабақ мектеп оқыўшыларында қызығыўшылық оятты ҳәм олардың билимлерин еледе беккемлеўге хызмет етти десек асыра айтқан болмаймыз.