SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI2021 жыл ушын ең жақсы университетлер рейтингинен орын алған Өзбекстандағы ЖООлары » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » 2021 жыл ушын ең жақсы университетлер рейтингинен орын алған Өзбекстандағы ЖООлары
2021 жыл ушын ең жақсы университетлер рейтингинен орын алған Өзбекстандағы ЖООлары
Лондонда Quacquarelli Symonds халықаралық агентлиги тәрепинен Раўажланып атырған Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери бойынша 2021-жыл ушын ең күшли университетлер рейтинги (QS Emerging Europe and Central Asia University Rankings) жәрияланды. Қуўанышлысы, Өзбекстан тарийхында биринши мәрте мәмлекетимиздиң 4 жоқары оқыў орны ең күшли университетлер қатарынан орын ийеледи. (https://www.topuniversities.com/university-rankings/eeca-%20rankings/2021) Төменде бул университетлер дизими менен таныстырамыз: Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизацияластырыў инженерлери институты (251-300); Мырза Улуғбек атындағы Өзбекстан Миллий университети (351-400); Самарқанд мәмлекетлик университети (351-400); Ташкент мәмлекетлик техника университети (351-400). Рейтинг дүзиўде дүньяның 102 мыңнан аслам алымлар, оқытыўшы ҳәм жоқары оқыў орынлары баслықлары, 52 мыңнан аслам жумыс бериўши компаниялар ўәкиллери, QS қәнигелериде эксперт сыпатында қатнасты. Мағлыўмат ушын, дүньяда тәлим сапасын баҳалайтуғын көплеген рейтинг системалары болып, олардан халықаралық көлемде тән алынатуғын Times Higher Education (THE), Quacquarelli Symonds (QS) ҳәм Academic Ranking of World Universities (ARWU) Шанхай рейтинг компаниялары өзиниң абырайы менен дүньяға белгили. 2018-жылда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги QS ҳәм Times Higher Education халықаралық рейтинг агентликлери менен республика жоқары оқыў орынларын халықаралық рейтинглерге кириўге таярлаў бойынша стратегиялық шәртнама имзалаған.