«Жаңа Өзбекстан – жаңаша дүньяқарас» темасында илаж болып өтти.
Бүгин Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында “Жаңа Өзбекстан – жаңаша дүньяқарас” темасында илаж болып өтти. Бул илажға Жаслар менен бирге ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Е.Сейтмуратов, бөлим методисти А.Сейткамалов ҳәм студент жаслар қатнасты. Е.Сейтмуратов илажды ашып берди ҳәм бүгинги күнде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, олардың мазмуны ҳәм Жаңа Өзбекстанның жаңа раўажланыў басқышлары ҳаққында студентлерге кең түрде түсиниклер берип өтти. Соның менен бирге Үшинши Ренессанс тийкары бойынша доклад оқып еситтирди. А.Сейткамалов тема бойынша өзиниң терең пикирлерин билдирди.
Жаслар сапалы тәлим алыўы ушын билимлендириў тараўын раўажландырыў барысында әмелге асырылып атырған ис-илажлар ҳаққында тоқталып өтилди ҳәм бир қанша мысаллар келтирилди. Студентлерде еледе кең түсиник қәлиплестириў мақсетинде руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими тәрепинен таярланған темаға байланыслы видеоролик қойып берилди. Илаж даўамында филиал студентлери темаға тийисли қосықларды айтты. Бул болса қатнасыўшыларға жоқары кейпият бағышлап, илаж еледе қызықлы тәризде өтиўин тәмийинледи. Жаңа Өзбекстанды қурыўда әлбетте жаслар белсендилик көрсетиўи тийис екенлиги айрықша атап өтилди. Шөлкемлестирилген бул илаждан студентлер жақсы тәсирлерди алды десек қәтелеспеген боламыз.
скачать dle 12.1