“Зоогигиена ҳәм ветеринария санитариясы” пәнинен әмелий сабақ
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының Ветеринария медицинасы қәнигелигиниң 2-курс студентлери ушын Қарақалпақстан Республикасы ҳайўанлар кеселликлери диагностикасы ҳәм азық аўқат өнимлери қәўипсизлиги орайында “Зоогигиена ҳәм ветеринария санитариясы” пәнинен әмелий сабақ шөлкемлестирилди. «Тәбийий ҳәм улыўма қәнигелик пәнлер» кафедрасы ассистенти Ш.Өтегенова басшылығында барған филиал студентлерин Бактериология бөлими баслығы Ж.Матниязова күтип алып, лаборатория жумыслары менен жақыннан таныстырды. Студентлерге от жара кеселлигин лабораторияда тексериў ҳәм преципитациялық реакция қойыў бойынша түсиниклер берилди. Сондай-ақ олар шарўашылық шийки зат өнимлерин қурамы ҳәм сапасын тексериў усыллары менен таныстырылды. Орай хызметкерлери студентлерде жақсы түсиник ҳәм көнликпелер қәлиплесиўи ушын бул жердеги жумыс процесин толық түрде бақлаў имканиятын жаратып берди. Ш.Өтегенова әмелий сабақ даўамында керекли мағлыўматларды берип барды. Улыўмаластырып айтқанда, Ветеринария медицинасы қәнигелигиниң 2-курс студентлери бул әмелий сабақ темасы бойынша кең түсиникке ийе болды. Қарақалпақстан Республикасы ҳайўанлар кеселликлери диагностикасы ҳәм азық аўқат өнимлери қәўипсизлиги орайы искерлиги менен студентлерди таныстырыў ҳәм әмелий сабақларды шөлкемлестириў буннан алдын филиал оқытыўшылары тәрепинен әмелге асырылған еди. Ең баслы мақсет- студентлердиң ҳәм теориялық ҳәм әмелий билимлерин арттырып барыўдан ибарат.
скачать dle 12.1