Студентлер ушын қысқы дем алыс қашан басланады?
Ҳәр жылы жаңа жыл байрамы қарсаңында жоқары оқыў орынлары студентлери ушын қысқы дем алыс бериледи. Хош, быйыл олар ушын қысқы дем алыс қашан басланады ҳәм оның мүддети қашанға шекем даўам етеди? Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бул бойынша рәсмий түрде төмендегише мәлим етти:
«Жоқары оқыў орынларының студентлери, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер мектеплериниң оқыўшылары ушын 2020-жыл 28-декабрьден 2021-жыл 10-январь сәнесине шекем қысқы дем алыс етип белгиленди. 2021-жыл 11-январь-оқыўдың биринши күни».
Усы орында рәсмий түрде белгиленген қысқы дем алыс күнлерин филиалымыз студентлерине мәлим етемиз.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1