16-январьдан толық түрде дәстүрий оқыў басланыўы ҳаққындағы хабарға министрликтиң мәлимлемеси
Хабарыңыз бар социаллық тармақларда 2021-жыл 16-январь сәнесинен барлық онлайн түрде оқып атырған студентлер ушын оқыў процеси дәстүрий түрде басланады, деген надурыс хабарлар тарқалды.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бул бойынша рәсмий түрде мәлимлеме берди. Министрликтиң билдириўинше, жоқары оқыў орынларының барлық студентлерин толық дәстүрий оқыў түрине өткериў режелестирилмеген. Егер бул мәселе бойынша жаңалық болса, министрлик рәсмий веб-сайты ҳәм телеграм каналы арқалы мәлим етилиўи билдирилген.
Өз орнында, студентлер ушын оқыў процеси толық дәстүрий түрде басланыўы ҳаққындағы хабар Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланған жағдайда сайтымыз ҳәм каналымыз арқалы жарытыўымызды мәлим етемиз.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1