Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәлимлемеси
Телеграм тармағындағы айрым каналларда жоқары билимлендириў системасында ең жақсы министр орынбасары, ең жақсы ректорларды анықлаў бойынша өткерилип атырған сораўнамалар министрликке байланыслы емес екенлигин мәлим етемиз деп хабар берди Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасына тийисли жәмийетшилик пикирин үйрениў мақсетинде министрлик тәрепинен ҳәр түрли социаллық сораўнамалар өткерилип барылады ҳәм бул туўралы министрликтиң рәсмий веб-сайты, социаллық тармақларындағы бетлери ҳәм басқа ғалаба хабар қураллары арқалы мәлимлеме берип барылады.
Министрлик тараўға байланыслы актуал темаларды жарытыўда барлық ҒХҚлары менен бирге ислесиўге таяр ҳәм бул бағдардағы басламаларды толық түрде қоллап-қуўатлайды.
Сол менен бирге социаллық тармақларда айрым бетлер ҳәм телеграм каналларында министрликтиң атынан адамларды шалғытыўшы надурыс мағлыўмат тарқатып атырғанлар искерлигине ҳуқықый баҳа берилиўин еслетип өтеди.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1