Директор студентлер менен ушырасыў өткерди
Бүгин Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында 10-декабрь “Инсан ҳуқықлары жер жүзлик декларациясы” қабыл етилген күн мүнәсибети менен ҳәмде “Коррупция ҳәм парахорлыққа қарсы биргеликте гүресемиз” темасына бағышланған ушырасыў шөлкемлестирилди. Илажға филиал директоры А.Есимбетов, Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридикалық факультети оқытыўшысы Ш.Бабанов, Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Е.Сейтмуратов, филиал профессор-оқытыўшылары ҳәмде студент жаслар қатнасты. Ушырасыўды филиал директоры Адилбай Есимбетов ашып берди ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде инсан қәдири ҳәм ҳуқықлары, олардың еркинликлерин қорғаў ҳаққында, ҳәзирги күнде жоқары билимлендириў тараўында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылып атырған ис-илажлар ҳаққында толық түрде айтып өтти. Соның менен бирге А.Есимбетов филиалдың 1-курс студентлерине ишки тәртип интизам, олардың студент сыпатындағы жуўапкершиликлери ҳәмде филиалдағы тәлим процеси сыяқлы әҳмийетли мәселелерге де тоқталып өтти. Буннан соң Ш.Бабанов 30 статьядан ибарат Инсан ҳуқықлары жер жүзлик декларациясының мазмунын студент жасларға кең түрде түсиндирип берди. Е.Сейтмуратов болса қосымша тәризде темаға байланыслы керекли мағлыўматларды келтирип өтти. Филиал студентлери бул ушырасыў даўамында өзлерин қызықтырған сораўларға ҳәр тәреплеме жуўап алды. Мағлыўмат ушын, БМШ Декларация қабыл етилгени мүнәсибети менен 1950 жылы 10-декабрь сәнесин Инсан ҳуқықлары белгиленетуғын күн сыпатында белгилеген.
скачать dle 12.1