Шарўа малларының нәсилин жақсылаў өнимдарлықтың тийкары
Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети хызметкерлери қатнасыўында шөлкемлестирилген баспасөз конференциясында қәнигелер тәрепинен қарамаллар өнимдарлығын арттырыў ҳәм нәсилин жақсылаўда жасалма жол менен нәсиллендириўдиң әҳмийети, бул бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Шарўашылықта нәсилшилик-селекциялық жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў, шарўа малларының нәсили ҳәм өнимдарлық көрсеткишлерин жақсылаў халықтың гөш ҳәм сүт өнимлерине болған мүтәжлигин тәмийинлеўде әҳмийетли болып есапланады. Бул процесте болса жасалма жол менен нәсиллендириўди нәтийжели шөлкемлестириў өнимдарлықты арттырыў, гөш ҳәм сүт өнимдарлығын көбейтиў ҳәмде олардың баҳасын арзанластырыўға имканият жаратады.
Соның ушын ҳәзирги ўақытта үйлерде, жеке жәрдемши, дийқан ҳәм фермер хожалықларында шарўа малларының бас санын көбейтиў ҳәм шарўашылықта өнимдарлықты арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Усы жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде “Өзнәсилшилик” мәмлекетлик кәрханасы тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Жасалма жол менен нәсиллендириў жумыслары менен байланыслы мәселелерди шешиў селекционерлерге бир қатар жуўапкершиликли ўазыйпалар, атап айтқанда шарўа малларын Өзбекстанның тәбийий экологиялық орталық ҳәм азықландырыў шараятларына ийкемлескен ҳәмде түрли кеселликлерге шыдамлы, жаңа өнимдарлы нәсиллерин көбейтиў сыяқлы ўазыйпаларды жүклейди. Жасалма жол менен нәсиллендириў жолы менен алынған бузаўлар салыстырмалы түрде тез өсиўи ҳәм кеселликлерге шыдамлылық қәсийетлери менен ажыралып турады.
Тараўда нәсилшилик жумысларын шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет–бул кем азық ҳәм мийнет жумсап, экологиялық таза ҳәмде көплеў көлемде өним жетистириў ушын қарамаллар нәсилин үзликсиз жақсылап барыўдан ибарат. Қарамалларды жасалма жол менен нәсиллендириўдиң және бир әҳмийетли тәрепи сонда 1-әўладта 25 %, 2-әўладта 50% ҳәм 3-әўладта 75% өнимдарлық артады ҳәм қарамал нәсили жақсыланады.
Аўдарған Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1