10-декабрь Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни қабыл етилген күн
Мине бүгин Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни қабыл етилгенлигине 28 жыл толды. 1992-жыл 10-декабрь сәнесинде «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилген еди. Ҳәр биримиз жақсы билемиз, мәмлекетлик гимниның авторы Абдулла Орипов, намасы болса Мутал Бурҳонов тәрепинен жаратылған. Биз буны мектепте ўақтымызда-ақ ядлап алғанбыз. Миллий гимнимиз-миллий мақтанышымыз. Биз оны қәлбимиз қуўанышқа бөленип айтамыз, ҳәр бир сөзи жүрегимизге мөрленген, гимнди ҳүрмет етемиз, оның қәдири биз ушын бәлент. Мәмлекетлик гимн жаңлай баслағанында, дәрҳал орнымыздан турған ҳалда, көкрегимизге қолымызды қойып, оған ҳүрметимизди билдиремиз.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик белгилеринен бири гимнимизде халқымыздың ең гирбиңсиз үмитлери, кеўлиндеги пәк тилеклери ҳәм ертеңги күнге болған исеними баян етилген. Өзбекстан халық шайыры Абдулла Орипов тәрепинен жазылған қатарларындағы ҳәр бир сөзи қәлбимизге жақын ҳәм биз ушын қәдирли. Әсиресе, сырт мәмлекетлерде спортшыларымыз жеңиске ерискен ўақтында ўатанымыздың гимни жаңлаған пайытта биз шексиз бир мақтанышқа бөленип, гирбиңсиз сезим менен қуўанамыз. Әйне усы мәўритлер ишинде сондай әжайип бир сезимди кеўлимизден кеширемиз, оның инәм еткен заўқын басқа ҳеш нәрсе менен теңлестирип болмайды. Биз сондай ўатанпәрўар инсанлармыз–өз миллетиниң мәмлекетлик нышанларын ҳүрметлеп, гимн намасын қәлбине жайлап, байрағының көринисин жүрегине түсирген халықпыз. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 1-бап, 5-статьясында «Өзбекстан Республикасы нызам менен тастыйықланатуғын өз мәмлекетлик белгилери—байрағы, герби ҳәм гимнине ийе» екенлиги тастыйықланған. Жақында «Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы нызам қабыл етилгенлигине 29 жыл толғанын байрам сыпатында белгилеген едик. Мине бүгин, халқымыз ушын және бир әжайип байрам. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимнин барқулла қолымыз көкрегимизде, мақтаныш пенен айтамыз.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1