Филиалда нәўбеттеги ашық сабақ
Хабарыңыз бар, филиал студентлери ушын ашық сабақлар шөлкемлестирилмекте. Бул болса өз орнында олардың еледе жетик билим алыўы ушын шараят жаратады. Әсиресе болажақ қәнигелер ушын өз тараўлары бойынша тәлим сапасын арттырып барады. Усындай ашық сабақлардан бири «Тәбийий ҳәм улыўма қәнигелик пәнлер» кафедрасы ассистенти Ш.Өтегенова тәрепинен «Ҳайўанлар анатомиясы» пәнинен өткерилди. Ветеринария медицинасы қәнигелигиниң 1-курс 201-топар студентлери қатнасқан бул ашық сабақ “Алдыңғы ҳәм артқы аяқ буўынларының дүзилиси ҳәм топографиясы” темасында шөлкемлестирилди. Сабақ басында студентлерге бүгинги теманың мақсети ҳаққында айтып өтилди. Оларда анық түсиниклер қәлиплесиўи ушын ашық сабақ ҳайўан муляжларынан пайдаланған ҳалда алып барылды. Оларға аяқ буўынларының дүзилиси ҳәм олардың қалай ҳәрекетлениўи ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Оқытыўшы студентлердиң қызығыўшылығын еледе оятыў мақсетинде плакатлар таярлап интеллектуал ойынлар өткерди. Студентлер болса өзлериниң шеберлиги менен бул ойынларда белсенди түрде қатнасты. Ең тийкарғысы, филиал студентлери тема бойынша кең түсиникке ийе болды. Филиалда өткерилип атырған усындай ашық сабақлар студентлердиң билимлерин беккемлеп барыўына исенимимиз кәмил.
скачать dle 12.1