SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIӨзбекстан Республикасы Конституциясының 28 жыллығына бағышланған илаж » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 28 жыллығына бағышланған илаж
Усы жылы тарийхый ҳүжжет болып есапланған Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигине 28 жыл толды. Усы қутлы сәне мүнәсибети менен Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында байрам илажы болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы прокурорның орынбасары Қ.Бекмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының судьясы П.Дошмуратов, филиал профессор-оқытыўшылары ҳәмде студент жаслар қатнасты. Илаждың басында Өзбекстан Республикасы ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров илажды ашып берип, мәмлекетимизде пуқараларымыздың ҳуқық ҳәм еркинликлерин бас Нызамымыз тәмийинлеўин айрықша атап өтти. Соның менен бирге байрам менен бәршени қызғын қутлықлады.
Буннан кейин келген мийманлар сөзге шығып, Конституция мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳәмде пәраўан турмысымыздың кепили, елимиз сиясатының тийкарғы таянышларынан бири нызам үстинлиги екенлиги ҳаққында толық түрде айтып өтти. Буннан 28 жыл алдын қабыл етилген бас Нызамымыз барлық нызамларымыздың тийкары болып есапланатуғыны да атап өтилди. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 28 жыллығына бағышланған байрам илажы филиал студентлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти. Илаж даўамында залда ҳақыйқый байрам кейпияты сезилип турды. Қәбилетли студентлеримиз қатнасыўындағы концерт бағдарламасы бәршеге жоқары кейпият бағышлады.