Студентлер сүйекли балықлар ҳаққында мағлыўматқа ийе болды
Тәлимниң сапасын жақсылаў ҳәм оның нәтийжелигин еледе арттырыўда ашық сабақларды шөлкемлестириў әҳмийетли болып есапланады. Сонлықтан, Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында оқыў процеслерин шөлкемлестириўде ашық сабақлар өткерилмекте. Нәўбеттеги ашық сабақ «Балықлар морфологиясы» пәнинен “Балық терисиниң дүзилиси. Шемиршекли ҳәм сүйекли балықлар” темасында болып өтти. А.Жолдасбаев тәрепинен шөлкемлестирилген сабаққа Зооинженерия:Балықшылық қәнигелиги 1-курс 214-топар студентлери қатнасты.
Дәслеп, студентлерге сабақ темасы бойынша толық түрде түсиник берилди. Сүйекли балықлардың эволюциясы, сыртқы дүзилиси ҳәмде түрлери ҳаққында мағлыўматлар берилди. Соның менен бирге олардың шемиршекли балықлардан парқлы тәреплери айтып өтилди. Ашық сабақ даўамында студентлер тема бойынша еледе жақсы көнликпеге ийе болыўы ушын көргизбели қураллардан ҳәм балық муляжларынан пайдаланылды. Сүйекли балықлар темасы шеңберинде студентлер ушын қызықлы ойынлар да өткерилди. Соны атап өтиў керек, 214-топар студентлери бул ашық сабаққа белсенди түрде қатнасты. Пән оқытыўшысы А.Жолдасбаев олардың теманы жақсы өзлестириўи ҳәм сабақ қызықлы тәризде өтиўин тәмийинлеўге ҳәрекет қылды. Сондай-ақ, шемиршекли ҳәм сүйекли балықлар ҳаққында көплеген мағлыўматларды келтирип өтти. Ашық сабақ жуўмағында студентлердиң билимлерин беккемлеў мақсетинде оқытыўшы тәрепинен темаға тийисли сораўлар берилди.
скачать dle 12.1