Студентлер «Тирсеклер» спектаклин тамаша етти
Хабарыңыз бар, 25-ноябрьден 2-декабрь аралығында республикамызда Өзбек миллий академиялық театры жәмәәти дөретиўшилик сапарында болды. Усы ўақыт аралығында театрда «Ийман» ҳәм «Тирсеклер» спектакльлери қойылды. Күнделикли турмысымызда оқыў, жумыс деп ўақтымыз тығыз болғанлығы себепли базы ўақытлары мәдений дем алыўды күсеймиз. Сондай ўақытларда аяқларымыз ерксиз театр тәрепке қарай жетелейди. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының студент жасларының сабақтан бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестирип, мәдений жақтан дем алыўы ушын усындай бир қолай имканият туўылып турғанлығынан үнемли пайдаланыў мақсетинде Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими методисти А.Сейткамалов басшылығындағы бир топар студентлер Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрына барды. Олар қарақалпақ жазыўшысы Оразбай Абдирахмановтың «Тирсеклер» спектаклин тамашалаў ушын 30-ноябрь күни кешки сеансына барды. Бул спектакльди студентлер қызығыўшылық пенен тамаша етти. Әсиресе образлардың өзбек актёрлары тәрепинен шеберлик пенен атқарылыўы дыққатқа ылайық болды. Студентлер спектакльди тамаша етип, оннан соң театр алдында естелик ушын сүўретке түсти. Бул күн олар ушын жүдә мазмунға бай ҳәм заўықлы тәсирлер менен кешти деп ойлаймыз.
скачать dle 12.1