Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў тәрепдарымыз!
Кейинги жылларда жәмийетимиздиң белсенди қатламына айланған ҳаял-қызлардың ҳәр тараўда өзин көрсетип атырғанлығы бәршемизге белгили. Мәмлекетимизде оларды қоллап-қуўатлаў ҳәмде ҳуқықларын қорғаў бойынша кең көлемли ис-илажлар әмелге асырылып келинбекте. 25-ноябрь–ҳаялларға көрсетилетуғын зорлыққа шек қойыў Халықаралық күни. Усы сәне мүнәсибети менен Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў тәрепдарымыз!» атамасында сәўбетлесиў өткерилди. Оған Мәлимлеме-ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова, психолог М.Алламуратова ҳәм студентлер қатнасты. Филиалдың ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәслаҳатшиси Г.Ешмуратова сәўбетлесиўди ашып берди ҳәм алып барды. Бул актуал тема бойынша Ж.Халмуратова өз пикирлерин турмыслық мысаллар менен келтирип өткен болса, психолог тәрепинен студент жасларға мәмлекетимиздеги гендер теңлик мәселелери бойынша толық түсиник берилди. Соның менен бирге “Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында”ғы Нызамның мазмунына айрықша тоқталып өтилди. Еркин түрде алып барылған сәўбетлесиў даўамында студентлерде тема бойынша жан-жақлама өзлериниң пикирлерин билдирди. Илаж жуўмағында Г.Ешмуратова тәрепинен таярланған ҳаялларға көрсетилетуғын зорлық ҳәм басымға қарсы гүресиўге шақыратуғын слайд ҳәм видеоролик қойып берилди. Ҳәр бир ҳаялдың қәлби сыртқы көриниси сыяқлы гөззал. Оларға басым өткерип зорлық көрсетиў емес, керсинше меҳир ҳәм итибар бериў керек.
скачать dle 12.1