SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIИнглиз тили пәнинен ашық сабақ болып өтти. » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Бүгин филиалда инглиз тили пәнинен “Agroecology and farming” темасында ашық сабақ өткерилди. Оған ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория ислери қәнигелигиниң 1-курс 212-топар студентлери ҳәмде филиал оқытыўшылары қатнасты. Пән оқытыўшысы Д.Маткаримова тема бойынша студентлерге түсиник берди. Ашық сабақ еледе қызықлы болып өтиўи ушын студентлер киши топарларға бөлинип, оқытыўшы тәрепинен таярланған қызықлы ойынлар шөлкемлестирилди. Студентлердиң сабақты еледе жақсы өзлестириўи ушын темаға байланыслы тапсырмалар берилди. Ҳәр бир топар оқытыўшы тәрепинен берилген тапсырмаларды белсенди түрде орынлаўға ҳәрекет қылды. Ашық сабақ даўамында жаңа педагогикалық технологиялардан үнемли пайдаланылды. Студентлер тема бойынша жетерли билим ҳәм түсиникке ийе болды. Әсиресе топарлар арасында өткерилген ойынлар заўықлы тәризде өтип, студентлерге өзгеше кейпият бағышлады. Сабаққа қатнасқанлар Д.Маткаримованың педагогикалық шеберлигине жоқары баҳа берип, өзлериниң жақсы пикирлерин билдирди.