”Кинология ҳәм ийт кеселликлери” пәнинен ашық сабақ шөлкемлестирилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы «Тәбийий ҳәм улыўма қәнигелик пәнлер» кафедрасы доценти Ш.Авезимбетов ”Кинология ҳәм ийт кеселликлери” пәнинен Ветеринария медицинасы қәнигелигиниң 3-курс студентлерине ашық сабақ өтти. «Көз кеселликлери» темасында шөлкемлестирилген ашық сабақ даўамында ийтлерде көз кеселликлериниң келип шығыў себеплери, оның белгилери ҳәмде емлеў усыллары ҳаққында толық түсиник берилди. Ветеринария илимлери кандидаты Ш.Авезимбетов тәрепинен студентлерге ийтлерде ушырайтуғын көз кеселликлериниң түрлери ҳәмде оның алдын алыў, соның менен бирге емлеў процесинде керекли дәрилер туўралы мағлыўмат берилди. Филиал студентлери сабақты еледе жақсы өзлестириўлери ушын слайд ҳәм темаға тийисли видеороликлерден пайдаланылды. Бир сөз бенен айтқанда, студентлердиң билимин еледе беккемлеў мақсетинде шөлкемлестирилген бул ашық сабақ қызықлы тәризде болып өтти. Оған қатнасқан филиал оқытыўшылары да сабақ мазмунлы ҳәм заўықлы өткенлигин билдирди. Студентлер көз кеселликлери бойынша өзлерин қызықтырған барлық сораўларға жуўап алды.
скачать dle 12.1