Мәмлекетлик тилге 31 жыл толды. Филиалда өткерилген байрам илажы
Бүгин қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 31 жыл толыў мүнәсибети менен республикамыз бойлап байрам илажлары өткерилмекте. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында да “Тарийхымсаң, тәғдиримсең, келешегимсең ана тилим!” атамасында байрам илажы шөлкемлестирилди. Оған Қарақалпақстан халық жазыўшысы, филология илимлери кандидаты, «Қарақалпақстан спорты» газетасының бас редакторы Алланазар Абдиев, филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслар қатнасты. Илажды оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров ашып берип, бүгинги байрам менен бәршени қызғын қутлықлап өтти. Буннан соң А.Абдиев сөзге шығып, филиал жәмәәтин ҳәм студентлерди қутлы сәне мүнәсибети менен шын кеўилден қутлықлай отырып, өзиниң тилеклерин билдирди.

Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими методисти А.Сейткамалов алып барған илаж даўамында қарақалпақ тилиниң бай тарийхы ҳәм раўажланыў басқышлары, сондай-ақ елимизде ана тилимизди еледе раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы орны ҳаққында сөз жүритилди. Сондай-ақ, Ветеринария медицинасы қәнигелиги 203-топардың 1-курс студенти С.Өтегенова, усы қәнигеликтиң 2-курс студенти А.Айтниязова ҳәм Зооинженерия: Жылқышылық ҳәм түйешилик қәнигелигиниң 2-курс студенти М.Чимбергенов тәрепинен шайырлардың ана тилимизге арнап жазған қосықларының айтылыўы, соның менен бирге Зооинженерия:Балықшылық қәнигелигиниң 2-курс студенти А.Досекееваның қосықты дуўтар менен кәмине келтирип атқарыўы барлық қатнасыўшыларды айрықша толқынландырып, кешеге еледе жоқары кейпият бағышлады. «Тил жасаса-миллет жасайды» дегениндей, жасларымыз қәлбинде ана тилимизге болған меҳирди пайда етиўде мине усындай илажлар әҳмийтели болып есапланады. 


Филиал баспасөз хызметискачать dle 12.1