СамВМИ Нөкис филиалы директорының қутлықлаўы
Ҳүрметли ўатанласлар! Әзиз филиал жәмәәти ҳәм студент-жаслар!
Сизлерди бүгин пүткил республикамыз бойлап белгиленип атырған қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен шын кеўилден қутлықлайман! 1989-жыл 1-декабрь елимиз тарийхындағы ең қутлы сәнелерден бири. Тил ҳеш нәрсеге алмастырып болмайтуғын бийбаҳа байлығымыз. Ана тилимиз арқалы миллетимизге деген миллий мақтаныш сезимимиз артады. Қарақалпақ тили өзиниң бай тарийхына ийе болып табылады. Уллы шайырларымыз усы тилде қосық дөретип, жазыўшыларымыз қарақалпақ тилинде шығармаларды жазған. Ал, биз усы китапларды оқып руўхый азық алып, қарақалпақ тилиниң қәншелли бай тил екенлигине гүўа болдық. Ана тилимизге болған муҳаббатымыз бала ўақтымызда қәлиплескен. Жәмийеттиң раўажланыўында да тилдиң орны гиреўли. Тилдиң тазалығын сақлаў, ана тилимизди сап ҳалында келешек әўладқа жеткериў бизиң парызымыз есапланады. Жасларымыз қарақалпақ тилиндеги китапларды турақлы түрде оқып барса, әлбетте, олардың қәлбинде ана тилге деген муҳаббаты күшейеди. Сонлықтан, филиал мәлимлеме ресурс орайында әдебий китаплардың санын көбейтиўге ҳәм студент жасларымыздың бос ўақытларында қарақалпақ әдебияты менен еледе жақыннан танысыў имканиятын жаратыўға айрықша итибар қаратамыз. Мине жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ арнаўлы қарары тийкарында «Qaraqalpaq tiliniń orfografiyalıq sózligi» китабы 4000 нусқада баспадан шығарылып, республикамыздағы мәлимлеме-китапхана орайлары, улыўма орта билим бериў мектеплери ҳәмде жоқары оқыў орынларына тарқатылыўы белгиленгенлиги мәлим етилди.
Бул хабар мени қуўанышқа бөледи. Бириншилер қатарында бул китапты студентлерге жеткериўди қәлер едим. Жасларымыз қарақалпақ тилинде таза ҳәм дурыс сөйлеўди ғана емес дурыс жазыўды да пуқта өзлестириўи керек. Ҳәр биримиз ана тилимизди шексиз ҳүрметлеўимиз, оны шын қәлбимиз бенен жақсы көриўимиз керек. Өсип киятырған жас әўлад қарақалпақ тилин еледе байытыў ҳәм раўажландырыўға өз үлесин қосыўы зәрүр.
Пурсаттан пайдаланып, және бир мәрте бәршеңизди бүгинги әжайип байрам менен қызғын қутлықлайман! Елимиз тыныш, аспанымыз мудамы ашық болсын! Ҳәр бириңизге денсаўлық, ийгиликли ислериңизде талмас ғайрат тилеймен!
Ҳүрмет пенен,
Адилбай ЕСИМБЕТОВ,
Самарқанд ветеринария медицинасы институты
Нөкис филиалы директоры
скачать dle 12.1