Контракт төлемин әмелге асырыўдың соңғы мүддетине 2 күн қалды
Жоқары оқыў орынларында төлемли-контракт тийкарында тәлим алып атырған 1-курс студентлерге еслетип өтемиз, бакалавриат ҳәм магистратураға базалық төлемли-контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлер, оқыўы көширилген (көширип тикленген) ҳәм қайта тикленген студентлер оқыўы ушын төлем ҳақын өткериў ҳәмде студентлер қатарына қабыл етиўди рәсмийлестириўдиң соңғы мүддети 2020-жылдың 1-декабри етип белгиленген. Демек, контракт төлемин әмелге асырыўдың ақырғы мүддетине 2 күн қалды. Соның менен қосымша түрде және бир мәрте соны да еслетип өтемиз, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларындағы 56,7 баллдан көп топлаған абитуриентлерге шәртнама дүзиўдиң соңғы мүддети де 2020-жылдың 1-декабрь сәнеси етип белгиленген.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1