Тәжирийбели кадрларды таярлаўда ЕА менен шериклик кеңейип барады
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинде Европа Аўқамының Өзбекстандағы делегациясы бирге ислесиў секторы баслығы Франсуа БЕЖО басшылығындағы ЕА ўәкиллеринен ибарат делегация менен онлайн ушырасыў болып өтти.
Министрдиң биринши орынбасары Ўктам Саломов, министр орынбасары Муродилло Холмуҳамедов басшылығында министрлик қәнигелери ЕАдағы шериклер менен өз-ара әҳмийетли жойбарларды додалады.
Сәўбетлесиў даўамында жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм келешеги додаланды. Атап айтқанда, 2021-2027-жылларда Өзбекстан билимлендириў системасын жаңа сапа басқышына көтериўге хызмет ететуғын жойбарларды әмелге асырыў бойынша Европа Аўқамы бағдарламасын таярлаў мәселелери көрип шығылды.
–Өзбекстан жоқары билимлендириў системасын модернизация қылыў бағдарында ЕА шериклеримиз тәрепинен көрсетилип атырған басламаларды жүдә жоқары баҳалаймыз,-деди министрдиң биринши орынбасары Ўктам Саломов.–Сол менен бирге еки тәреплеме бирге ислесиўде пайдаланыў мүмкин болған әҳмийетли тараўлар ҳәм имканиятлар жүдә көп. Министрлик тәлим сапасын арттырыўға бағдарланған жойбарларды толық қоллап-қуўатлайды. Соның менен бирге өз-ара сөйлесиўлерде экономиканың реал секторында мүтәжлик бар болған орта буўын кадрларды таярлаўда да Европа Аўқамы менен жақыннан бирге ислесиў мәселелери де көрип шығылды.

Зийўар Хожамуратова скачать dle 12.1