Студент қызлар менен сәўбетлесиў алып барылды
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында студент қызлар арасында мәжилис өткерилди.
Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор жәрдемшиси Г.Ешмуратова тәрепинен шөлкемлестирилген бул мәжилисте ишки тәртип-интизам, студент қызлар ушын ҳәр түрли бағдардағы дөгереклер шөлкемлестириў, олардың сабақтан тысқары бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм филиал Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми студент қызлар менен биргеликте турақлы түрде ислесиў шеңбериндеги мәселелер додаланды. Сондай-ақ, бул илаж даўамында биринши курсқа қабыл етилген студент қызлар Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми искерлиги менен жақыннан таныстырылды. “Сизлер менен ҳәмме ўақыт бирге жумыс алып барыўға таярмыз. Қандай да бир машқалалар жүзеге келсе биймәлел маған мүрәжат етиўиңиз мүмкин. Бос ўақтыңызды мазмунлы өткериў ушын өзлериңиздиң қызығыўшылығыңыздан келип шығып дөгереклер шөлкемлестиремиз. Сизлерден тек ғана илажы барынша белсенди болыўға ҳәрекет етиўиңизди соранамыз”,-деп айтып өтти Г.Ешмуратова. Усы тәризде филиал студент қызлары менен еркин сәўбетлесиў алып барылды.
скачать dle 12.1