Студентлер ушын психологиялық семинар-тренинг өткерилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында «Студент жасларда унамлы пикирлеўди раўажландырыў» атамасында семинар-тренинг өткерилди. Филиал психологы М.Алламуратова тәрепинен шөлкемлестирилген бул семинарға Зооинженерия: Балықшылық қәнигелигиниң 2-курс студентлери қатнасты. Семинар-тренинг басында студентлер менен тема шеңберинде еркин түрде сәўбетлесиў алып барылды. Семинар даўамында болса қызықлы психологиялық тест ҳәм шынығыўлар өткерилди. Унамлы пикирлеў руўхый қәтержамлықты тәмийинлеўи ҳәмде инсан түскинликти саламат пикирлеў арқалы жеңиў қәбилетине ийе екенлиги айтып өтилди. Студентлер семинар-тренинг күтилгенинен көре жоқары темпте өткенлигин билдирди. Әсиресе өзлери қатнасыўында өткерилген психологиялық тестлер ҳәм психологиялық шынығыўлар студентлерге позитив кейпият бағышлағанын олардың күлимлеп турған жүзлеринен сезиў мүмкин.
скачать dle 12.1