Ижарада жасайтуғын студентлерге газден зәҳәрлениў бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды
Бәршемизге белгили, гүз-қыс мәўсиминде халықтың арасында газден зәҳәрлениў жағдайлары ушырайды. Буның алдын алыў мақсетинде орынларда түсиндириў жумыслары алып барылмақта. Усы орында, Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының ижарада жасап атырған студентлери менен газден дурыс пайдаланыў бойынша топар басшылары тәрепинен түсиндириў жумыслары алып барылды. Бунда ҳәр бир топар басшысы ижарада жасайтуғын студентлердиң үйлерине барып, жасаў шараяты менен жақыннан танысты. Студентлерге үйди ысытыўда газден мақсетли пайдаланыў бойынша жол-жобалар берилип, газ ийсинен зәҳәрлениўдиң унамсыз ақыбетлери ҳаққында кең түрде түсиндирилди. Тәбиий газден дурыс пайдаланыў ҳәмде өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў керек екенлиги айрықша атап өтилди. Ийис газинен зәҳәрлениў бойынша түсиндириў жумыслары филиалдың ҳәр бир ижарада жасап атырған студентлери арасында алып барылды. Бул түсиндириў илажларында топар басшылары белсендилик көрсетти. Атап өтиў орынлы, филиалда билим алып атырған студентлердиң саламатлығын тәмийинлеў ҳәмде олар ижарада жасап атырған үйлердиң шараяты менен танысып барыў Жаслар менен бирге ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими ҳәм топар басшылары тәрепинен турақлы түрде әмелге асырылып барылады.
скачать dle 12.1