Аўғанстан Ислам Республикасы Жоқары билимлендириў министрлиги менен меморандум имзаланды.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәмде Аўғанстан Ислам Республикасы Жоқары билимлендириў министрлиги ортасында меморандум имзаланды.
“Regency Tashkent» мийманханасында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәмде Аўғанстан Ислам Республикасы Жоқары билимлендириў министрлиги ортасында аўғанстанлы студентлерди Өзбекстанда жоқары мағлыўмат алыў ушын бағдарлаў бойынша өз-ара меморандум имзалаў мәресими болып өтти.
Меморандум Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Ином Мажидов ҳәм Аўғанстан Ислам Республикасы Жоқары билимлендириў министри орынбасары Абдул Тавоб Болокарзай тәрепинен имзаланды.
Меморандумда еки мәмлекет жоқары оқыў орынлары ортасында туўрыдан-туўры байланысларды орнатыў ҳәм раўажландырыў, оқыў материалларының алмасылыўы, қоспа изертлеў жумысларын үгит-нәсиятлаў ҳәм тәреплердиң қатнасыўында басып шығарылған илимий журналларда мақалаларды шығарыў сыяқлы жөнелислер еки тәреплеме шерикликтиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленди.
Сондай-ақ министрликте Аўғанстан делегациясы менен болып өткен сөйлесиўлерде АИР ушын темир жол транспорты, аўыл хожалығы, инженерлик тәлим бағдарлары бойынша кадрлар таярлаў мәселелери додаланды.
Усы жылы 12-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Аўғанстан Ислам Республикасы менен экономикалық шерикликти еледе кеңейтириў ҳәм беккемлеў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарарда билимлендириў ҳәм ден саўлықты сақлаў Сурхандәрья ўәлаятының шегараалды аймағында Аўғанстан пуқаралары ушын медицина, оқыў ҳәм басқа хызметлер инфрадүзилмесин шөлкемлестириў ўазыйпасы белгиленген.
Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 13-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанында Аўғанстан пуқараларын оқытыў билимлендириў орайы хызметин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 911-санлы қарары тийкарында Орай шөлкемлестирилген еди.
2018-2019-жыл даўамында Орайда 96 «Өзбек тили ҳәм әдебияты» бағдарында студент билим алды ҳәм Алишер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебият университетиниң бакалавр дипломына ийе болды.


Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1