SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIФилиалдың 1-курс студентлерине дәстүрий оқыў басланды » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Республикамыздағы барлық жоқары оқыў орынларында 16-ноябрьден оқыў дәстүрий түрде басланды. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының екинши ҳәм үшинши курс студентлерине усы жылы 2-ноябрь сәнесинен баслап карантин қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда дәстүрий оқыў процеслери басланған еди. Бүгин 23-ноябрьден филиалдың 1-курс студентлерине дәстүрий сабақлар басланды. Әлбетте, биринши нәўбетте студентлер ҳәм филиал хызметкерлериниң саламатлығы әҳмийетли болғанлығы себепли карантин талапларына толық түрде әмел етилмекте. Филиалдың 1-курс студентлери ушын сабақлар 2 сменада шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, студентлер имканиятынан келип шығып, өз қәлеўи менен сабақларды онлайн ямаса дәстүрий түрде даўам еттириўлери белгиленди. Аудиториялар және жанланды, студентликке енди ғана қәдем қойған жигит-қызлар ушын «Студентлик күнделиги»ниң таза бетлери бүгиннен баслап жазылып басласа әжеп емес! Институт қушағында группалас дослар менен биргеликте тәлим алыўдың өзгеше заўқы болады. Студентлер менен жанлы сәўбетлесип сабақ өтиў филиал профессор-оқытыўшыларында қуўанышқа бөледи. Буны олардың көзиндеги қуўаныштан сезиў мүмкин.