SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIБалықшылық қәнигелигиниң студентлери ушын көшпели сабақ шөлкемлестирилди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Балықшылық қәнигелигиниң студентлери ушын көшпели сабақ шөлкемлестирилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының Зооинженерия: Балықшылық қәнигелигиниң 2-курс студентлери ушын «Балықларды өршитиў» пәнинен “Балықлардан жаңа нәсил алыў ҳәм гибридлеў” темасында пән оқытыўшысы Азамат Жолдасбаев тәрепинен көшпели сабақ шөлкемлестирилди. Студентлер А.Жолдасбаев басшылығында пайтахтымыздағы «Қарақалпақ балық санаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийет кәрханасына барды. Атап өтиў керек, Президент Шавкат Мирзиёев усы жылы 2-октябрь сәнесинде Қарақалпақстанға сапары даўамында бул кәрхананың искерлиги менен танысқан еди. Студентлерди директор орынбасары С.Төлепов күтип алып, кәрхананың жабық суў айланба системасы менен жақыннан таныстырды. Филиал студентлерине Вьетнам технологиясы тийкарында қурылған бул жабық суў айланба системасы бассейнинде жетистирилип атырған балықлар ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Оның абзаллығы соннан ибарат, қыс мәўсиминде ҳәм жазда да температураны бир қәлипте сақлайды. Соның менен бирге кәрхана жылына 2500 тонна балықты қайта ислеў қуўатлылығына ийе. Филиалдың балықшылық қәнигелигинде тәлим алып атырған студентлери ушын әмелий сабақларды нәтийжели ҳәм қызықлы тәризде шөлкемлестириў мақсетинде әмелге асырылған көшпели сабақ даўамында студентлер кәрхана хызметкерлери тәрепинен керекли мағлыўматларға ийе болды. Соны айрықша атап өтиў керек, алдағы ўақытта филиал студентлери ҳәптесине бесеўден бул жерге келип, өзлериниң әмелий көнликпелерин беккемлеп барыў ушын имканият жаратылды. Бул болса өз орнында тәлим сапасының еледе артыўына түртки болады. Шөлкемлестирилген көшпели сабақ даўамында студентлер әмелий көнликпелерге ийе болды.