Дәстүрий оқыў қашан басланыўы ҳаққында министрлик қандай мәлимлеме берди?
Бүгин «Өзбекстанның жаңа раўажланыў дәўиринде тәлим-тәрбия ҳәм илим-пән тараўларын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы жүзесинен Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги мәжилислер залында баспасөз анжуманы өткерилди. Оған Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Тәлим сапасын бақлаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәмде Мәмлекетлик тест орайы қатнасты. Анжуман даўамында жоқары оқыў орынларында қашан дәстүрий оқыў басланыўы ҳәм 16-ноябрь сәнесинде басланады деген хабарлар распа деген сораўларға Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Мәлимлеме хызмети төмендегише жуўап берди: «Дәстүрий тәлимди 2020/2021-оқыў жылының екинши семестринен баслаў режелестирилгенлигин август айында мәлим еткен едик. Министрлик сораўнама өткерди, дегени, әлбетте дәстүрий оқыўға өтиў дегени емес. Сораўнама өткериў студентлер ҳәм олардың ата-аналарының пикирин билиў ушын әмелге асырылды. Бул қарарды тек ғана Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң өзи қабыл етпейди, арнаўлы комиссиялар бар. Пандемия шараятында бәрибир қәўип-қәтер кемейгени жоқ. Студентлерди турақ жайлар менен тәмийинлеў мәселеси де бар. Сондай-ақ, профессор-оқытыўшылардың ҳәм хызметкерлердиң де саламатлығын да ойлаў керек».
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1