Онлайн тәризде өткерилген “Заковат” интеллектуал ойынында қайсы командалар жеңимпаз болды?
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының 1-курс студентлери арасында “Мен СамВМИ НФ студентимен” атамасында “Заковат” интеллектуал ойыны өткерилди. Онлайн тәризде шөлкемлестирилген бул ойынды филиал жаслар аўқамы жетекшиси О.Шерипбаев ҳәмде Зооинженерия: Жылқышылық ҳәм түйешилик қәнигелигиниң 3-курс студенти А.Ажимуратов алып барды. Филиал студентлериниң сабақтан бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде SamVMINF.zakovatkanali телеграм каналы арқалы онлайн тәризде өткерилген ойын даўамында 1-курс студентлеринен қурам тапқан жәми 14 команда өз-ара беллести. Заковат интеллектуал ойынында қызықлы логикалық сораўлар берилди. Телеграм каналы арқалы шөлкемлестирилген ойын жуўмағында GENIUS командасы 1-орынды ийелеп, толық жеңимпаз болған болса, қалған командалар, яғный «Фемида» командасы екинши, «Креатив» командасы болса үшинши орынды ийеледи. Сондай-ақ, өз-ара жеке қатнасыўшылар арасында өткерилген ойынға қатнасқан студентлер арасында Жәҳәнгир Жақсыликов 1-орынды, Уғилхон Кошенова болса 2-орынды ҳәмде Нуржан Баймуратовлар 3-орынды ийелеп жеңимпаз болды. Филиал студентлери бул “Заковат” интеллектуал ойыны қызықлы тәризде болып, бос ўақытлары заўықлы өткенлигин билдирди. Жеңимпазлар онлайн тәризде диплом менен сыйлықланды.



Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1