ЖООларына халық билимлендириў тараўы хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ҳуқықы берилди.
Педагог кадрлар таярлайтуғын жоқары оқыў орынларына халық билимлендириў тараўы хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ҳуқықы берилди.
“Өзбекстанның жаңа раўажланыў дәўиринде тәлим-тәрбия ҳәм илим-пән тараўларын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы Президент пәрманы қабыл етилди. (ПФ-6108-санлы, 06.11.2020 ж.).
Пәрман менен, 2021-жыл 1-май сәнесинен баслап педагог кадрлар таярлайтуғын жоқары оқыў орынлары ҳәмде лицензияға ийе мәмлекетлик емес тәлим шөлкемлерине халық билимлендириў тараўында хызмет көрсетип атырған баслық, қәниге ҳәм педагог хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ҳуқықы берилди.
Жоқары оқыў орынлары ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң педагог кадрлар маманлығын арттырыў менен байланыслы қәрежетлерди Мәмлекет бюджети қаржылары есабынан усы мақсетлер ушын Халық билимлендириў министрлигине ажыратылған қаржылар шеңберинде қапланады.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1